Усы жылдың 20-ноябрь күни Шымбай районы Мәденият сарайында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги, Шымбай районы ҳәкимлиги ҳәм «Даўытбай Қайыпов» атындағы жәмийетлик фонды тәрепинен шөлкемлестирилген Қарақалпақстан халық артисти, халқымыздыӊ бүлбилзибан қосықшысы Даўытбай Қайыповтыӊ дөретиўшилигине бағышланған жас атқарыўшылардыӊ «Бүлбилзибан» атлы республикалық таӊлаўы болып өтти. Өткерилген таңлаўға жас категориялары бойынша мектеп-интернаты “Бақсышылық(жыраў)” бағдары, бақсы қәнигелик класы оқытыўшылары ҳәмде оқыўшылары қатнасып Атабек Таңирбергенов (оқытыўшы) ҳәм 9-класс оқыўшысы Аширбек Қозыбаевлар (устазы; Мухаммед Төребеков) белсене қатнасқанлығы ушын “Ҳүрмет жарлығы” менен сыйлықланды.


