29-10-2024
361
Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги мәлимлеме хызмети, Қарақалпақстан МТРК тәрепинен Опера көркем өнерине қәнигелестирилген мектеп- интернатымызға медиа тур шөлкемлестирилди. Оған ҒХҚ хызметкерлери менен әмелиятшы студент жаслар қатынасты. Өткерилген илаж даўамында қатнасыўшылар мектеп-интернаты турмысы, оқыўшылар ушын жаратылған шараятлар, сабақ барыслары менен жақыннан танысты.